Колледж тарийхы

 

      Нөкис районы орайында жайласқан Қутанкөл агроэкономика колледжи 1975 жылы № 99 санлы орта арнаўлы кәсип –техникалық училищеси болып ашылған.  Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1995-жыл № 295-санлы қарары тийкарында Ақманғыт кәсип-өнер лицейи болып дүзилди. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2001-жыл 12-июль “253-санлы қарары тийкарында Қутанкөл аўыл-хожалық кәсип-өнер колледжи болып өзгертилди.   Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңеси, Орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириў орайының 2006-жыл 14-февраль № 17-санлы буйрығы тийкарында Қутанкөл агроэкономика колледжи болып қайта шөлкемлестирилди.

        2005-жылы оқыў орнына реконструкция жумыслары исленди. Имараттың қуўатлығы 600 орынға мөлшенленген. 50 орынға мөлшенленген оқыўшылар жатақханасы бар.